Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьде «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы 710-санлы қарарына муўапық 2021-жыл 1-25 ноябрь күнлери Әндижан ўәлаятының Хожаабад районы, Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районы, Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласы ҳәм Ташкент қаласының Яшнаабад районында сынаў тәризинде халықты дизимге алыў иләжы өткерилди.
Халықтың интернет тармағы арқалы дизимнен өтиў ҳаққында толық мағлыўматқа ийе емеслиги ҳәм арнаўлы сайттан (census.stat.uz) пайдаланыў бойынша түсиниги жеткиликли емеслиги себепли.
4 аймақ бойынша интернет тармағы арқалы 10341 адам (жәми халыққа салыстырғанда 1,8%) дизимнен өтти. Аймақлар бойынша бул көрсеткиш Хожаабад районында 2281 адам (2,0%), Жоқары Шыршық районында 4229 адам (3,0%), Хийўа қаласында 1301 адам (1,5%) ҳәм Яшнаабад районында 2530 адам (1,0%) дизимге алынды.
Планшетлер арқалы сынаў тәризинде халықты дизимге алыў процесслери бойынша.
Сынаў процесслеринде 80 дана планшет қурылмаларынан пайдаланған ҳалда дизимге алыў жумыслары алып барылды. Планшет усылында дизимге алыў процесслери қағаз усылына қарағанда қолайлылығы, оперативлиги ҳәм нәтийжели екенлиги гүзетилди.
Он еки күн даўамында өткерилген дизимге алыў процесслеринде қағаз усылында бир дизимге алыўшы орташа 350 ден 400 ге шекем шахсларды дизимге алған болса, планшет усылында болса орташа 500 ден 750 ге шекем туўры келди.
Жумыс өнимлилигин асырыў мақсетинде 2023 жылда пүткил республикамызда өткерилетуғын халықты дизимге алыў процесслерин қағаз усылынан ўаз кешкен ҳалда Интернет тармағы арқалы ҳәм планшет қурылмаларынан пайдаланған ҳалда өткериў усыныс етилмекте;