Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мамлекетлердиң экономикалық ҳәм сиясий жақтан раўажланыўына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип, оған қарсы гүресиў турақлы рәўиште әмелге асырылыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды.
Усы ўазыйпалардан келип шығып, 2017-жыл 3-январь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилип, коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизми жаратылды. Нызамның тийкарғы мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Нызамның 3-статьясында коррупция түсинигине тәрийп берилген болып, яғный коррупция – шахстың өз лаўазым яки хызмет дәрежесинен жеке мәплерин ямаса өзге шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық болмаған пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы рәўиште пайдаланыўы, сондай-ақ усындай пайданы басқаларға нызамға қайшы түрде бериўи болып есапланады.
Ҳақыйқатында да, коррупция ҳәр қандай жәмийеттиң экономикалық, социаллық ҳәм руўхый турмысына қәўип туўдыратуғын, мәмлекет раўажланыўына тосық болатуғын иллет.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинде жуўапкершилик белгиленген төмендеги жәмийетлик қәўипли қылмыслар коррупция жынаятлары болып есапланады: мәселен, өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў, жынайый жол менен алынған мүликти алыў яки өткериў, бюджет интизамын бузыў, ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў, ҳәкимият яки лаўазым ўәкиллигинен шетке шығыў, ҳәкимият ҳәрекетсизлиги, пара алыў, пара бериў, пара алыў-бериўде дәлдалшылық етиў, хызметкерди пара есесине аўдырыў, алдаўшылық жолы менен ҳақы бериўди талап етиў, тергеў яки суд ислерине араласыў, жалған гүўалық бериў, жынайый искерликтен алынған дәраматларды легалластырыў ҳәм басқа жынаятлар есапланады.
Коррупция жынаятларына қарсы гүресиўде халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириў, мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлылығын асырыў, билимлендириў мекемелеринде коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықый билимлер бериў әҳмийетли ўазыйпалардан саналады, себеби ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәденияты жоқары, ҳуқықый тәрбия ҳәм билими жетик инсанлар ҳәр қандай жағдайда да коррупцияға жол қоймайды.
Жуўмақлап айтқанда, коррупциясыз келешекти биргеликте қурыўымыз ушын ең дәслеп өзимизди өзимиз тәрбия қылыўымыз, коррупцияның ҳәр қандай көринисин жоқ етиў ушын биргеликте гүресиўимиз зәрүр.
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир районы судының баслығы Д.Сражатдинов