Жәмийеттиң демократиялық принциплерге қай дәрежеде тийкарланғанлығы тиккелей судлардың ғәрезсизлигине байланыслы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекет шөлкемлери менен мүнəсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм де халықтың судға болған исенимин және де асырыў илажлары туўрысында”ғы 2022-жыл 29-январда қабыл етилген ПҚ-107-санлы қарары ҳәкимшилик суд искерлигин жаңа басқышқа алып шығыўды өзине қамтыған, анық мақсетлер нәзерде тутылған ҳүжжет болды.
Қарарда ҳәкимшилик судлардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, оларды пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў мақсетинде процессуал нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киритиў белгилеп қойылды.
Соның менен бирге, ҳуқықы бузылған пуқара ямаса исбилерменлик субъектине ғалабалық-ҳуқықый мүнəсибеттен келип шығатуғын келиспеўшилик пенен бирге оған себепли байланыста болған зыянларды өндириў талабын да ҳәкимшилик судқа билдириў ҳуқықын усыныў ҳәм де бундай талапларды көрип шығыўды ҳәкимшилик суд ўәкиллигине өткериў белгиленди.
Ҳәкимшилик судлардың ғалабалық-ҳуқықый мүнəсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша ҳал қылыў қарарлары мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлери тәрепинен орынланбаған жағдайда, олардың лаўазымлы шахсларына қарата суд жәриймаларын қоллаў мәселеси көрип шығылыўы, соның менен бирге, ғалабалық-ҳуқықый мүнəсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша тәреплер ортасында жарасыўға ерисиў механизмлерин енгизиў ҳәм процессуал нызам ҳүжжетлерине өзгертиўлер киритиледи.
Тәреплерге, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайларда, ғалабалық-ҳуқықый мүнəсибетлерден келип шығатуғын ислер бойынша келисиў питимин дүзиў ҳуқықын бериў белгилениўи орынлы болып, тәреплер ортасындағы келиспеўшиликти шешиўде нызамлылық толық тәмийинлениўи менен бирге, суд тәрепинен тастыйықланған келисиў питимин орынлаўға қолайлықлар жаратады ҳәм де қысқа мүддетлер ишинде келиспеўшиликти шешиўге ерисиледи.
Судлар тәрепинен даўа арзасы, арза ҳәм де шағымды судқа тийисли болмағанлығы себепли қабыллаўды бийкар етиў ямаса ис бойынша ис жүргизиўди тоқтатылыўын бийкарлаў, бунда даўа арзасы, арза, шағым ямаса исти оларды көрип шығыўға ўәкилликли судқа өткериў, ҳәкимшилик судтың нызамлы күшке кирген ҳал қылыў қарарында анықланған жағдайлар басқа исти көрип атырған пуқаралық ислери бойынша суд ушын мәжбурий есапланыўын белгилениўи, бир суд иси шеңберинде айрымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судқа тийисли болған бир неше талапты бирлестириў қадаған етилиўи де айрықша беккемленди.
Бул нызам нормасының киритилиўи ҳуқықы бузылған пуқаралардың ямаса исбилерменлик субъектлериниң судпа-суд журип, әуере болыўларына алдын алады.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарар пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң әдил суд қорғаўында болыў мүмкиншилигин асырып, суд қарарларының орынланыуы бойынша мәмлекетлик уйымлар үстинен тәсирли суд қадағалаўы орнатылыўына ҳәм соңында ҳәкимшилик суд ислерин жүритилиўин халық аралық талаплар шеңберинде раўажланыўына хызмет етеди.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик
судының судьясы Гулмира Байназарова