Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

КӨШПЕЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР КӨРСЕТИЛДИ.


Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен пуқараларға қолайлықлар жаратыў, алысын жақын етиў мақсетинде район аймағындағы пуқаралар жыйынларындағы «Жаслар дәптери»не киритилген 52 жасқа мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыўы ушын электрон санлы имза ключлери жеңиллик тийкарында бийпул тәризде аймақларға шыққан ҳалда көшпели тәризде алып берилди.

Соның менен бирге жасларға мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыў ушын id.egov.uz системасынан дизимнен өтиў ҳәмде бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан пайдаланыў тәртиби бойынша да түсиниклер берилди.

 

Тахтакөпир районы Мəмлекетлик

хызметлер орайы баслығы                           П.Рейимқулов

Skip to content