Бүгин Тахтакөпир районы «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 61-санлы “Бозжап” сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң депутаты Айтеков Батыр Қаниязовичтиң сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда аймақты социаллық ҳəм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда алдағы ўақытларда инвестициялық бағдарлама тийкарында алып барылатуғын қурылыс жумыслары бойынша мағлыўмат берилди. Буннан соң пуқаралардың мүрəжатлары тыңланып, тийисли орынларға депутатлық сораўнамалар жиберилип, қадағалаўға алынатуғынлығы атып өтилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети