Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ашық бюджет порталында даўыс бериў басқышы жуўмақланып ең көп даўыс топлаған усыныслар анықланды.


Усы жылдың февраль айынан апрель айына шекем даўам еткен басламалы бюджет процессиниң биринши мəўсими жуўмақланды. Район пуқаралары тəрепинен киритилген усыныслардан 173 усыныс даўыс бериў басқышында қатнасып, 8328 даўыс берилди. Соннан районлық Медицина бирлеспесиниң суў сақлағышын оңлаў жумысларын алып барыў усынысы 1149 даўыс пенен, «Қараой» АПЖ да жайласқан Мəденият бөлими имаратынының қурылыс жумысларын алып барыў усынысы 1061 даўыс пенен, «Айдын жол» МПЖ аймағында жайласқан «Лаўзан» көшесин оңлаў ҳəм түнги жарытқышлар орнатыў усынысы 1013 даўыс топлаған ҳалда жеңимпаз болды ҳəм “Пуқаралар белсендилик қоры”нан  жəми 1 680 000,0 млн.сўм қаржы ажыратылыўы белгиленди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

https://t.me/taxtakopir_xakimiyati

Skip to content