Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша суд қарарлары үстинен апелляция тәртибинде шағым (протест) бериў тәртиби ҳәм мүддетлери


Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 3241-статьясына муўапық, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша өзине қарата судтың қарары шығарылган шахс, жәбиркеш, олардың нызамлы ўәкиллери, адвокат, сондай-ақ ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында баянлама дүзген орган биринши инстанция судының қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге, прокурор болса протест келтириўге ҳақылы.

Апелляция шағымы (протести) апелляция инстанциясы судына, яғный тийислилигине көре Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судларына жолланады, лекин ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарарды шығарған судқа бериледи.

Судтың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарары үстинен шағым (протест) ис пенен бирге үш сутка ишинде апелляция инстанциясы судына жибериледи.

Судтың ҳәкимшилик қамаққа алыў яки ҳәкимшилик тәртипте шығарып жибериў ҳаққындағы қарары үстинен шағым (протест) апелляция инстанциясы судына шағым (протест) алынған күни жиберилиўи лазым.

Биринши инстанция судының ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарары үстинен апелляция шағымы (протести) қарар оқып еситтирилген күннен баслап жигирма сутка ишинде, өзине қарата суд қарары шығарылған шахс ҳәм жәбирлениўши тәрепинен болса, қарардың көширме нусхалары оларға тапсырылған яки олар тәрепинен усы көширме нусхалар алынған күннен баслап жигирма сутка мүддетте берилиўи мүмкин.

Көрсетилген мүддет өткизип жиберилген жағдайда, апелляция шағымын (протестин) бериўши шахстың илтимаснамасына көре, қарарды шығарған суд тәрепинен егер мүддеттиң өткерип жиберилгенлиги себеплери үзирли деп табылса, өткерип жиберилген мүддет тиклениўи мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы                                                            Т.Турдымуратов

Skip to content