Мәмлекет пуқаралары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қандай мәмлекеттеги миллий статистиканың зәрүрли бөлеги есапланади. Бундай мағлыўматлар арнаўлы бир ўақыт аралығында халықты дизимге алыў илажлары арқалы топланады. Олар тек-ғана бир мәмлкеттиң емес, бәлким жер жүзи халқының саны, социаллық жағдайы, дәраматлары сыяқлы бир қанша зәрүрли информацияларды есаплап барыўға хызмет етеди.
БМШ тəрепинен дүнья мәмлекетлерине пуқаралар менен жүзеге келетуғын бир қатар социаллық машқалалардың шешими ҳәмде демографиялық көрсеткишлер менен пропорционал түрде өсип барыўын тәмийинлеў ушын ҳәр он жылда кеминде бир мәрте халықты дизимге алыў илажын өткериў усыныс етилген. Мәмлекетимизде дәслепки рет 2023-жылда өткерилиўи нәзерде тутылған, халықты дизимге алыў илажына ҳәзирги ўақытта қызғын таярлық көрилмекте. Бул иләждың өткерилиўинен бәршемиз, сиясий қараўларымыз және социал позициямызға қарамастан, бирдей мәпдармыз. Усы үлкен социаллық илаж арқалы, биринши нәўбетте, жәми халықтың саны (2022-жыл 1-январь жағдайына көре, Қарақалпақстан Республикасында халық саны 1 млн. 948 мың бес жүз адамды қураған), пуқаралығы, неке жағдайына көре, яғный рәсмий неке, рәсмий болмаған неке ямаса ерте неке, пухаралардың билим дәрежеси (орта, орта арнаўлы, ямаса жоқары), жасаў ушын дәрамат дереклери, үй хожалығының жасаў шараятлары сыяқлы бир қанша көрсеткишлер бойынша бүгинги күнде жеткиликли болмаған мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. Қала, мәҳәлле ҳәм аўыллар саны ҳәмде олардың шегаралары, турақ жайлар саны, олардағы әмелдеги шәрт-шараятлар ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киритиледи.
Бул илажда қатнасып атырған ҳәр бир пуқара өзи ҳаққындағы мағлыўматларды усыныс ете отырып, өзлери тийисли болған адамлар топарына тийисли социал программаларды ислеп шығыўда қатнасады.
Мысал ушын, жумыссызлардың сораўнамадағы жуўаплары мийнет базарын үйрениў, атап айтқанда керекли орында жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын берсе, балалар саны туўрысындағы мағлыўматлар мектеп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм қурылыс жобаларын дүзиўде қол келеди. Жасы ҳаққындағы мағлыўматлар пенсияға шығыўшылар саны, олардың пенсия төлеўлери ушын зәрүр болатуғын қаржыларды жамғарып барыў имканиятын береди. Мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билим бериў мектеплери ямаса жоқары оқыў орынларына қабыл етилетуғын жаслар туўрысындағы мағлыўматларда тап сондай қәлиплеседи.
Бул ислерди орынлаў мақсетинде орынларда арнаўлы топарлар дүзилген болып, процесслер анық ҳәм системалы жолға қойылады. Дизимге алыўшылар жумысын муўапықластырыў ушын ҳәр бир участкада 5 инструктор ҳәм 5 стационар дизимге алыўшы искерлик жүргизеди. Олардың жумысын дизимге алыў участкасы хызметкерлери қадағалайды. Жасап турған хожалығында дизимнен өтиўди қәлемеген респондентлер стационар участкалары арқалы дизимнен өтиў мүмкиншилигине ийе болады. Район ҳәм қала көлеминдеги жумысларды бақлаў ушын аймақларда халықты дизимге алыў бөлимлери искерлиги жолға қойылады. Процесс жуўмақланғаннан кейин аймақлық статистика басқармалары жанында халықты дизимге алыўдың басланғыш мағлыўматларын электрон базаға киргизиў орайлары шөлкемлестириледи. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул иләжлар арқалы тек-ғана өзимиз, бәлким келешек әўлад ушын зәрүрли мағлыўматларды топлаўға ерисемиз. Халықты дизимге алыў нәтийжелери мәмлекетимиздиң кейинги демографиялық және социал сиясатын белгилеў менен бирге, республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў прогнозлары ҳәмде программаларын дүзиўде кең қолланылады. Мәмлекеттеги жумыс беретуғынлар ҳаққында дизимге алыў нәтийжесинде қәлиплестиретуғын мағлыўматлар жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге жол ашады. Бизнес ўәкиллери дизимге алыў мағлыўматлары арқалы мийнет ҳәмде тутыныў базарының жағдайын баҳалаў, талап ҳәм усыныслар зәрүриятын анықлаў мүмкиншилигине ийе болады.