Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен район аймағындағы мекеме ҳәмде кәрханаларда ислеўши хызметкерлерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде турақлы түрде көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте. Усындай көшпели хызметлердиң бири бүгин Тахтакөпир районлық Халық билимлендириў бөлиминде шөлкемлестирилип, бөлим хызметкерлерине көшпели тәризде электрон санлы имза таңбалары алып берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети