Усы жылдың 20-май күни район ҳəкимлигинде коррупцияға қарсы гүресиў ҳəм оның алдын алыў бойынша семинар болып өтти. Семинарға район ҳəкими Ж.Адилов, район прокуроры П.Халмуратов, Ишки ислер бөлиминиң баслығы Т. Қыдырбаев, аўыл ҳəм мəкан пуқаралар жыйынына бекитилген ҳəким жардемшилери ҳəм де район аймағындағы мəкеме, кəрхана, шөлкемлердиң басшылары қатнасты. Қатнасыўшыларға усы тараўдағы нызамшылық ҳүжжетлери, коррупцияға қарсы гүресиўде мəмлекетлик уйымларға жүклетилген ўазыйпалар, жынаятлар жүз берген жағдайларда мүрəжат етиў тəртиплери бойынша түсиник берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети