Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Пуқаралар жыйынларында Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша үгит-нәсият илажларын күшейтиў ўазыйпалары белгиленди.


Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкимлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Тахтакөпир районы бөлими, районлық Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте мәжилис өткерилди.

Оған аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери, ҳәким жәрдемшилери менен профилактика инспекторлары қатнасты. 

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги 213-санлы пәрманының мазмун-әҳмийетин кең түрде түсиндирип, ҳәр бир аймақта үгит-нәсият илажларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўди күшейтиў, дыққаттан шетте қалдырмаў, олардың машқалаларын үйме-үй жүрип үйрениў, ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Skip to content