Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты Б.Айтеков, районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев, «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Тахтакөпир районлық бөлими қәнигеси Ж.Пирназаров, «Қоңыраткөл» АПЖ баслығы А.Тилўбаевлар менен биргеликте усы аўыл турғыны А.Қазихановтың мүрәжатында көрсетилген көшесине ишимлик суў тармағын тартып бериў бойынша барып үйренилди.
Үйрениў даўамында усы аймақ пуқараларына 2023-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «Мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында баҳасы 1 млрд 975 млн.сум болған 7,9 км узынлықтағы ишимлик суў тармағының тартылатуғынлығы, бул бойынша ҳәзирги ўақытта «BOSTON OBOD MAXSUS QURILISH» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен жумыслар басланғанлығы туўралы түсиник берилди.
«Қоңыраткөл» АПЖ аймағына бекитилген профилактика инспекторы А.Жумабаев, аймақта жынаятшылықтың алдын алыў бойынша пуқаралар ҳәм жаслар менен бирге алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, депутатлар тәрепинен усы аймақтағы Шаңарақлық поликлиникасы, 18-санлы мектеп имараты ҳәм Президентимиздиң қарары тийкарында баҳасы 1 млрд 200 млн. сўм болған «Қоңыраткөл» суўды душшыландырыўшы станциясының реконструкция ислеў бойынша алып барылып атырған жумыслары үйренип шығылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.