Ҳүрметли салық төлеўшилер!
Хабарыңыз бар, усы жылдыӊ 16 -март күни Президентимиз Мәмлекетлик салық комитетине барып, салық шөлкемлери хызметкерлери менен ушырасыў ўақтында исбилерменлер менен ушырасып, алардың мәселелерин үйренип, салық нызамшылығындағы өзгерислер бойынша түсиндириўлер алып барып, зәрүр тапсырмалар берген еди.
Бүгинги күнде де «Салықшы – исбилерменге жәрдемши» принципи тийкарында Тахтакөпир районы салық хызмети шөлкемлери тәрепинен исбилерменлер алдына барған ҳалда олардың мәселелерин үйренип, көшпели салық мәслаҳәтлары көрсетилип атыр.
Мысал ретинде районымызда 1 ай даўамында 95 кәрханалардың мәселелери толық үйренилди. Нәтийжеде, салық хызмети шөлкемлери хызметкерлери жәрдеми менен 72 мәселелер унамлы шешилди. Бүгинги күнде 23 кәрханалардың мәселелери басқа шөлкемлер менен байланыслы мәселелер қатаң қадағалаўға алынып, серикликте шешиў илажлары көрилмекте.
Соның менен бирге, үйрениўлер даўамында салық түрлери бойынша 2 субъектлердиң 15,5 млн.сум әмелдеги артықша төлеген суммасы қайтарып берилди. Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде салық төлеўшилерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде электрон хызметлер көрсетиў көлеминиң және де кеңейтиў зәрүрли фактор болып атыр. Мысалы, бүгинги күнде Тахтакөпир районында «E-ijara» автоматластырылған программалық дəстури арқалы исбилерменлерге түсиндириў илажлары алып барылмақта.
Ҳақыйқаттан да, Президентимиз айтып өткениндей, салық төлеўшилерге ҳақыйқый мәнисте жәрдемши, үйретиўши болыў салық шөлкемлериниң жеткиликли ўазыйпасына айланып атыр. Усы мәнистен алып қарағанда, исбилерменлер ушын және де жеңиллик жаратыў ушын «Avtokameral» автоматластырылған информация системасының жумысқа түсирилиўи, тараўдағы жаңалық болды.
Бул система арқалы, салық шөлкемлери салық төлеўшилер искерлигинде тексериўден алдынғы анализлерди, итибар қаратың тексериўлерди емес, анализлерди өткериўи мүмкин. Яғный, салық төлеўши искерлиги даўамында қандай да алжасықларға жол қойып атырған болса ямаса есабатларында қандай да кемшиликлер анықланған жағдайда, автоматласқан система тезлик пенен салық төлеўшиниң жеке кабинетине алжасықларды оңлаў ҳаққында хабарнама жибереди. Саналы программа өзи кемшиликлерди анықлап, ўақтында исбилерменге жәрдемши болып, хабар берип барады. Ең әҳмийетлиси, бунда инсан факторы араласпайды.
Итибарлы тәреплерден тағы бири, салық реформаларының жеделлик пенен әмелге асырылыўы ҳәм де салық механизмлериниң және де әпиўайласыўы нәтийжесинде, жасырын економика кескин қысқарып, салық түсимлери сезилерли дәрежеде артпақта. Исбилерменлик субъектлерине салық нызамшылығына киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар, жаңалықлар, автоматластырылган информация системалары ҳаққында үзликсиз түрде, толық мағлыўматлар берип барылмақта.
Усы жылдың 1 ай даўамында «Soliq hamkor» программасы арқалы Тахтакөпир районында искерлик көрсетип киятырған исбилерменлик субйектлери менен байланыслы салық ҳуқықбузарлықлары ҳаққында жәми 1 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжаты бойынша көшпели салық тексериўлери өткерилип, саўда қағыйдалары бузылғанлығы тастыйықланды. Бүгинги кунге шекем мүрәжаты өз тастыйығын тапқан 1 пуқараның банк пластик картасына 1 млн.сумға жақын пул өткерип берилди.
Ҳүрметли исбилерменлер!
Тахтакөпир районы мәмлекет салық хызмети шөлкемлери хызметкерлери салық тараўына тийисли барлық сораўларыңызға жуўап бериў, билмегенлериңизди үйретиў ҳәм «Салықшы – исбилерменге көмекши» принципи тийкарында сизге жақыннан жәрдем бериўге барқулла тайын.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети