Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпысыншы сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпысыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, сектор басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары  қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:

– Тахтакөпир районы аймағында 2022-жыл даўамында ҳәм 2023-жылдың январь айында халықтың мүрәжатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының “Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-февральға шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында”ғы мәлимлемеси;

– Тахтакөпир районлық “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есабынан қаржы ажыратыў;

– Тахтакөпир районы аймағындағы кем-тәмийинленген шаңарақлар, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген, социаллық жағдайы ҳәм турмыс шәраяты аўыр болған пyқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде зәрүр илажларды әмелге асырыў ушын “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бөлимшесиниң қәўндерлик есабына, секторлар ушын ажыратылған қаржылар есабынан ажыратыў;

– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

– Тахтакөпир районы Қурылыс бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-апрель күнги “Қурылыс тараўына тийисли бирден бир қурылыс регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 200-санлы қарарына тийкар 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары;

– Тахтакөпир  районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими тәрепинен 2022-жыл даўамында ǝмелге асырылған жумыслары;

– Тахтакөпир районында 2023-жылда экономикалық көрсеткишлерди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын асырыў ҳәм де исбилерменликти раўажландырыў бойынша “ЖОЛ КАРТА”сын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 

Skip to content