Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Депутаттың өз сайлаўшылары алдында есабаты тыңланды.


Бүгин Тахтакөпир районы «Жаңадәрья» АПЖ аймағындағы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ӨзЛиДеП партиясынан 18-санлы «Жаңадәрья» сайлаў округинен сайланған халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты Қ.Елмуратовтың өз сайлаўшылары алдында жыллық есабаты бойынша жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста депутат Қ.Елмуратов өз сайлаўшылары алдында 2022-жыл даўамында алып барылған жумыслары ҳәм де 2023-жылда әмелге асырылатуғын илажлары бойынша есабатын берди ҳәм “Ашық бюджет” (www.openbudget.uz) мәмлекетлик веб сайты туўралы пуқараларға кеңнен түсиник берди.

Сондай-ақ, 61-санлы «Боз жап» сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиси ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың халқымыз турмысында тутатуғын орны ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы пәрманы бойынша жыйналыс қатнасыўшыларына айтып өтти.

Буннан соң, «Жаңадәрья» АПЖ аймағының пуқаралары тәрепинен мүрәжатлар билдирди ҳәм мүрәжатлары  тийисли тәртипте жазып алынып, нызам тийкарында жуўаплары берилетуғынлығы түсиндирилип өтилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content