Елимизде илимпаз ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 11-февраль Халықаралық илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар күни сыпатында кең түрде белгиленип келмекте. Усы мүнәсибет пенен Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “Илим-бахыттың гилти” атамасында илимпаз ҳаял-қызлардың қатнасыўында ушырасыў кешеси болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Гуманитар Илимлер илим-изертлеў институтының “Қарақалпақ әдебияты” бөлиминиң баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Зыяда Бекбергенова, усы академияның доценти Арыўхан Утамбетовалар қатнасты. Олар өзлериниң ерискен жетсикенликлери, илим тараўындағы изленислери ҳаққында оқыўшы жасларға кең түрде айтып берди ҳәм илимпаз Зыяда Бекбергенова өз авторлығындағы китаплардан мектеп китапхагасына саўға етти.
Ушырасыў барысында оқыўшылар да қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, ушырасыў соңында мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети