Тахтакөпир районлық МШББне қараслы 4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген 2023-жыл «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышлап «Ашық шынығыў» илажы шөлкемлестирилди.
«Ашық шынығыў» илажы даўамында Мектепке таярлаў топарында шөлкем психологы М.Қыпшақбаева «Балада билиў процесслерин раўажландырыў» бойынша тәрбияланыўшылардың ойлаў, дыққатлы болыў, есте сақлаў, дүрыс сөйлеўи бойынша методикалардан пайдаланған ҳалда ашық шынығыўлар өткерди.
Бүннан соң 2-орта топар тәрбияшысы Н.Пирлепесова ҳәпте темасы бойынша «Өсимликлер менен досласамыз» темасында балаларға өсимликлерди қалай тәрбиялаўымыз керек екенлиги ҳәм оларға ғамхорлық қылыў бойынша кең түсиниклер берди.
Сондай-ақ, үлкен топарға Тахтакөпир районы ИИБ ЖХҚТ инспекторы аға сержант А.Сапаров, топар тәрбияшысы Т.Орманбетовалар «Жол ҳәрекети-өмир пайдасы» темасында шынығыў өтип, жол қағыйдалары бойынша түсиниклерин берди.
Өткерилген илажда Мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң тәлим-тәрбия сапасын тәмийинлеў методисти Н.Атажанова, районымыз көлеминдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкем педагоглары қатнасып, ашық шынығыў илажы бойынша өз-ара пикир алмасты.
Бундай илажларды өткериўде өсип киятырған жас әўладларды әдеп-икрамлы, бахытлы кәмил инсан етип тәрбиялаў баслы мақсетимиз болып есапланады.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети