Saturday, July 12, 2025

Дағазалар, Соңғы жаңалықлар

ДАҒАЗА!!!


ДАҒАЗА!!!

2023-жылдың 20-февраль күнинен 20-март күнине шекем Тахтакөпир районы аўыл хожалығы бөлиминде 2023-жылда супер элита, элита ҳәм кейинги әўладларға тийисли туқымлық салы жетистириў ҳуқықына ийе болыў ушын фермер хожалықлары арасында тендер таңлаўы болып өтеди.

Таңлаўға қатнасатуғын фермер хожалықлары баслықлары төмендеги ҳүжжетлер топламын 2 нусқада районлық аўыл хожалығы бөлиминде дүзилген таңлаў комиссиясына 20-март күнине шекем усыныўы соралады.

1. Тендер комиссиясы атына арза
2. Ф/х атынан тилхат
3. Районлық аўыл хожалығы бөлиминиң мағлыўматнамасы
4. Фермер хожалығы, оның баслығы ҳәм жумысшы хызметкерлери ҳаққында мағлыўматнама
5. Ирригация бөлиминиң мағлыўматнамасы
6. Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен берилген мағлыўматнама
7. Ф/х баслығының қәнигелиги ҳәм мағлыўматы ҳаққында ҳүжжет (диплом нусқасы)
8. Ф/х баслығының аўыл хожалығы тараўындағы ис стажын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (мийнет дәптершеси ҳәм басқа да ҳүжжетлер)
9. Ф/х ислеп атырған туқымгершилик агрономның мағлыўматы ҳаққында ҳүжжет (диплом нусқасы)
10. Пул қәрежети ҳаққында тийисли банк тәрепинен берилген мағлыўматнама
11. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен берилген мағлыўматнама ҳәм де техпаспорт нусқасы
12. Контрактация шәртнамасының орынланыўы бойынша «Шымбай дән» ЖШЖ тәрепинен берилген мағлыўматнама
13. Соңғы 3 жыл ишинде салы зүрәәтлилиги бойынша аўыл хожалығы бөлими ҳәм «Шымбай дән» ЖШЖ тәрепинен берилген мағлыўматнама

📑Ҳүжжетлерди қабыллаў 2023-жылдың
20-март күни саат 18:00 де тоқтатылады.

☎️Қосымша мағлыўматлар ушын: +99861 435-28-35 ҳәм
91.393-72-71 телефон нөмерлерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content