Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Депутатлар мәҳәлледе


Усы жылдың 23-февраль күни Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары Б.Айтеков, М.Гаипов, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары ҳәм райондағы сиясий партия баслықлары Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслары менен кеңнен танысты.

 

Сондай-ақ, депутатлар «Белтаў» АПЖ аймағында тазадан қазылған 7 артезиан қудықларын ҳәм де суў тежеўши технологиялар ушын қазылған өлшемлери 100х80, 120х30, 80х40 болған жәми 16 ҳәўизлерде бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслары барысы менен танысты.

Буннан соң, депутатлар «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дийқан» аўылы турғынларының шарўа ҳәм басқа да зәрүр мүтәжликлери ушын пайдаланыў мақсетинде қазылған артезиан қудығының суў шығарыў жумысларын көзден өткерди.

Өз нәўбетинде бул жумыслар толық орынланыўы менен аўыл турғынлары дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыў ушын суў менен тәмийинленеди, ең баслысы, аўыл хожалығы ушын жаңа жерлер ашылыўы нәтийжесинде аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылады, аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content