Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

«А.Адилов» АПЖда «Бәнтлик майданша»сы шөлкемлестирилди


Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети басламасы менен Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы менен биргеликте ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў, кәсип-өнерге оқытыў, өзин-өзи бәнтлеў, исбилерменликке тартыў мақсетинде «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйынында «Бәнтлик майданша»сы шөлкемлестирилди.



«Бәнтлик майданшасы»на 18 мекемениӊ 105 бос жумыс орынлары халыққа усыныс етилди. Сондай-ақ пуқараларға бәнтликке көмеклесиў орай  ы қәнигеси А.Абдрасулиева бос жумыс орынлары, жумыссызлардыӊ бәнтлик орайына дизимге отырыў тәртиплери, кәсип-өнерге оқытыў имканиятлары ҳаққында, 4-секторға бириктирилген «Халық банк» филиалы ўәкили С.Қайырзаева жеӊиллетилген кредитлер, исбилерменликти жолға қойыў имканиятлары ҳаққында кеӊ түрде мағлыўматлар берди.

«Бәнтлик майданшасы»на 32 ҳаял-қыз қатнастып, соннан 2 ҳаял-қыз ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысқа,  15 ҳаял-қыз кәсип-өнерге ҳәм қайта таярлаў курсларына оқытыўға жоллама ҳәм 15 пуқараға мийнет мүнәсибетлерине байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Сондай-ақ районлық «Халық банк» филиалы тәрепинен 1 ҳаял-қызға жеке исбилерменликти жолға қойыў ушын жеӊиллетилген кредит ажыратыў бойынша усыныс берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети 

Skip to content