Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Инсан ҳуқықлары миллий билимлендириў бағдарламасы


Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 7-февраль күнги «Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 46-санлы қарары қабыл етилген еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясыныӊ 76-сессиясы ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша кеӊесиниӊ 46-сессиясындағы баслама ҳәм усынысларды әмелге асырыў шеӊберинде өткен жылдыӊ 5-6-декабрь күнлери Самарқанд қаласында «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў» Глобал форум өткерилгенлиги қарарда мағлыўмат ушын қабыл етилип, Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.

Сондай-ақ, қарар тийкарында инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайына бир қатар ўазыйпалар жүклетилди, яғный орай тәрепинен 2023-жыл 1-июнь айынан баслап ҳәр жылы – «Инсан хуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы тәлим ҳәм инновациялар» миллий таӊлаўын өткерип барыў, нәгиранлығы болған шахслардыӊ ҳуқықлары, ҳаяллар ҳуқықлары, бала ҳуқықлары ҳәм мигрантлар ҳуқықлары тараўында искерлиги менен тиккелей байланыслы болған мәкемелерде окыў курсларын ҳәм семинар трейнинглер өткериў белгиленди.

Сондай-ақ, Президент қарары менен тастыйықланған « Миллий билимлендириў бағдарламасы» ҳәзирги күнде мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў мәкемелери халық арасында улыўма инсаныйлық қадириятлар, инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм оған бойсыныў принциплерин оптималластырыў, сондай-ақ пуқаралардыӊ ҳуқықый мағлыўматлардан пайдаланыўын тәмийинлеў процессине кеӊ кирисиў зәрүрлиги пайда болып атырғанлығы, жоқарғы оқыў орынларында, академик лицей ҳәм техникумларда инсан ҳуқықлары, ҳаяллар, балалар ҳуқықларына байланыслы оқыў курслары ҳәм сабақлықларыныӊ жағдайы ҳәм усы темалар бойынша оқытылыў сапасын үйрениў бойынша мониторинг өткерилип, нәтийжеде жоқарғы оқыў орынларында «Инсан ҳуқықларын ўйрениў» арнаўлы оқыў курсларын оқытыў толық жолға қойылмағанлығы, қаржыландырыў мәселелери шешилмегенлиги себепли пәнлер қәнийгелиги болмаған оқытыўшылар тәрепинен оқытылып атырғанлығы сынға алынған.

Соныӊ менен бирге миллий дәстүрде жәмийетте инсан хуқықлары ҳәм еркинликлерине болған ҳүрмет сезимлериниӊ пайда болыўы, халық аралық шөлкемлер усынысларыныӊ орынланыўы ушын суд, ҳуқықты қорғаў уйымлар ҳәм басқа мәмлекетлик орган хызметкерлериниӊ инсан ҳуқықлары бойынша квалификациясын асырыў жүзесинен ислерди системалы жолға қойыў кереклиги нәзерде тутылмақта.

Инсан хуқықлары тараўында билим бул – ҳәр бир пуқараныӊ инсан ҳуқықларына болған ҳүрметти қоллап қуўатлаў ҳәм ҳәр тәреплеме оныӊ орынланыўына әмел етиў еӊ әҳмийетли ўазыйпа болып қалады деп есаплайман.

 

Нөкис районлар аралық

ҳәкимшилик суды судьясы                    

Г.Байназаров

Skip to content