Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Сиз күткен инсан


«Сиз күткен инсан»

Биз күткен инсан – өзиниң «Пал балалығым», «Алтын балық», «Қар бала» ҳәм басқа да дөретпелери арқалы балалардың кеўлинен кең орын ийелеген, «Сөз маржаны», «Өмир ғалма-ғаллары», «Жин-жыпырылар уясы» дөретпелери арқалы кең жәмийетшиликтиң кеўлинен орын алған, филология илимлериниң кандидаты, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, журналист  ҳәм алым Алланазар Әбдиев еди.

-Жаслықта алған билим, тасқа ойылған нағысқа тең.

Бүгинги күндеги жетискенликлеримниң тийкары, балалық дәўирдеги алған билимлерим ҳәм китап пенен жақын дос болғанымның арқасында, дейди  жазыўшымыз.

Алланазар Әбдиев қайсы тараўда жумыс ислесе сол тараўды бәлент шоққысына шекем жетелеп барған уллы инсан. Әлбетте машаққатлы мийнетиниң арқасында «Шухрат» медалы ҳәм бир қатар көкирек нишәнларының ийесине айналды.

Оқыўшыларымызды усындай бүгинги күнниң қаҳарманлары менен кеңнен таныстырыў  мақсетинде Тахтакөпир районы ХББне қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Сиз күткен инсан» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыў кешесине Республика Руўхыйлық ағартыў орайы раёнлық бөлими баслығы Н.Азбергенов, Халық билимлендириў бөлими сектор баслығы Б.Утепбергенов, Мәденият бөлими хызметкерлери, мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылар қатнасты.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content