Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бәҳәр жыршысы қызлар қәлбинде


Шайырлардан өлмес мийрас болған ҳасыл дөретпелери әўладтан әўладқа өтип мәңгилик жасай береди. Бәҳәр мәўсими ҳәр жылы Зульфия Исройлова «Зульфия» аты менен белгили өзбек халқының шайырасы, журналист, аўдармашы, жәмийетлик ғайраткери аты менен кирип келеди.

Бүгин де оның қыйыншылықларға толы балалығы, мәртлиги, ҳаял-қызларға тән ағла пазыйлетлери, дөретиўшилиги және бир мәрте еске алынды.

Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шайыраның туўылған күнине бағышланып, «Зульфияханым қызлары» атамасында 6-7-8-9-класс қызлары арасында таңлаў өткерилди. Таңлаў 3 шәрттен ибарат болып, дәслеп сәлемнама, шайыраның өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы сораў-жуўаплар, жеке өнерин ҳәм пәзенделик шеберликлерин көрсетиў шәртлери менен оқыўшы қызларымыз таңлаўда белсене қатнасты.

Таңлаў жуўмағында,

1-орынды 9в-класс оқыўшысы Жулдыз Махамбетова,
2-орынды 8а-класс оқыўшысы Азиза Төребаева,
3-орынды 7а-класс оқыўшысы Орынбаева Нургүл жеңип алды.

Ал қалған қатнасыўшылар өз қәбилетлерине қарап номинациялар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content