Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-январь күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў ис-илажлары ҳақында»ғы 26-санлы қарарына муўапық, «Меҳир дәптери»не киргизилген әменгерликке ҳәм қәўендерликке алынған балалардың арзыў нийетлерин әмелге асырыў мақсетинде өзиниң қәлеўиндеги саўғалар алып берилди.
Атап айтқанда «Меҳир дәптери»не киргизилген 12 балаға жәми 74 млн. 891 мың сўмлық, соннан 8 дана ноутбук, 2 тигиў машинасы, 3 дана велосипед, 1 дана синтезатор саз әспабы, 1 дана ысытыў печкасы, 2 дана кишкене балалар дем алыў ушын арналған диван, 1 дана сабақ таярлаў ушын жәмленген стол, стул ҳәм кийим қойыў шкаф ҳәм де 1 балаға жоқары оқыў орны ушын белгиленген бир жыллық контракт пулы төлеп берилди.
Илажда район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм сектор баслықлары қатнасып, елимизде ата-ана қарамағынан айрылған ҳәм әменгерликке, қәўендерликке алынған балаларға мәмлекетимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, тапсырылып атырған саўғалар олардың келешеги ушын тийкар болыўына исеним билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети