Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда мәҳәллелер аймақларында декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў ҳәр бир социаллық объектлер, мәдений дем алыў орынлары кафе, ресторанлар әтирапларында санитариялық тазалық, абаданластырыў жумысларының барысын қадағалаў бойынша дүзилген исши топар ағзалары Тахтакөпир районында болып, тараў басшылары менен мәжилис өткерди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков ҳәм райондағы исши топар ағзалары қатнасты.

Онда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районда исленетуғын жумыслар қарап шығылып, мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин таярлаў ҳәм көгерип шыққан нәллерге тәрбия бериў жумысларын алып барыў бойынша айтып өтти.
Буннан соң, исши топар ағзалары районның «Дәўир», «Айдын жол», «Ғәрезсизлик» МПЖлары ҳәм «А.Адилов» АПЖ аймақларында болып, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде жасыл бағ жаратыў мақсетинде белгиленген жер майданы ҳәм нәл егилетуғын орынларды таярлаў хәм де суўғарыў жумыслары менен танысып шықты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content