Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде


Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев тәрепинен өткерилген селектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар район ҳәкими Ж.Адилов пенен биргеликте Тахтакөпир районы аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериңде мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге егилиўи тийис болған декоратив ҳәм мийўе терек нәллериниң тарқатылыў барысы менен танысты.

Буннан соң, Тахтакөпир Мәмлекетлик Тоғай хожалығы тәрепинен бүгинги күнде жетистирип атырған декоратив ҳәм мийўе терек нәллери ҳәм ыссықханада алып барылып атырған жумыслардың барысын көзден өткерди.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, Тахтакөпир районы аймағында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериңде жәми 420 мыңнан аслам декоратив ҳәм мийўе терек нәллерин егиў режелестирилген болып, ҳәзирги күнде нәл егиў жумыслары районымыз бойлап қызғын даўам етпекте.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content