Бүгин районлық Мәденият бөлиминде Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими жанынан шөлкемлестирилген «Жас дөретиўшилер» клубы ағзаларының ең жақсы қосық ҳәм гүрриңлери жәмленген «Қаратерең нәўшелери» атамасындағы туңғыш китабының баспадан шығарылыў мүнәсибети менен китапты таныстырыў кешеси болып өтти.
Онда Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң қәнигеси Ч.Елмуратов, «Тахтакөпир таңы» газетасының редакторы Г.Даўлетмуратова, Районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы М.Асқаров ҳәм мектеп директорлары, үгит-нәсиятшылар ҳәм де дөретиўши жаслар қатнасты.
Кешеде шығып сөйлеўшилер, Президентимиз басшылығында жас әўладтың интеллектуаллық талапларын қанаатландырыўда китаптың тутқан орны менен әҳмийетин және де арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтип, жаңа китап бул бағдардағы жумыслардың әмелдеги көриниси екенин атап өтти.
Китап жас дөретиўши оқыўшылар ушын үлкен саўға болды. Әлбетте бул китап поэзияға енди қәдем басып атырған жас дөретиўшилерге руўхый азық болары сөзсиз.
Сондай-ақ, келешек әўладты руўхый жақтан озық ойлы, билимли етип тәрбиялаўда белсендилик көрсетип атырған бир қатар мектеп директорлары, руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары ҳәм үгит-нәсиятшылар район ҳәкимлиги тәрепинен таярлаған «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети