Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Дәўир» МПЖда көшпели қабыллаў болып өтти.


Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов тәрепинен секторға қараслы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектепте Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты Б.Айтеков ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Сәрсенбаевлар менен биргеликте аймақ турғынлары менен ушырасып, гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен жәми 7 мүрәжат келип түскен болып соннан 2 машқала өз орнында унамлы шешимин тапты ҳәм шешими бойынша ўақыт талап етилетуғын 5 машқала тийисли тәртипте қадағалаўға алынып, орынлаўға қаратылды.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content