Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным


Наўрыз – бул халқымыздың тарийхын ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген, тынышлық, татыўлық ҳәм пәраўанлық әйямы. Миллети, динине қарамастан, сол елде жасап атырған барлық миллетлер, елатлар ушын бирдей сүйикли, ең қәдирли байрамларымыздан бири.

Усы мүнәсибет пенен бүгин Тахтакөпир районы «Дәўқара» стадионында «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным» сүрени тийкарында Наўрыз байрам тамашалары өткерилди.

Онда район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, район халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм де кеңпейиллик әйямы – Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қутлықлады.

Байрам илажы даўамында районымыздың мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралар тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендириўши көргизбелер ҳәм миллий спорт ойынлары шөлкемлестирилди.

Байрам районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәл        имлеме хызмети

Skip to content