Thursday, July 10, 2025

Korruptsiyaga qarshi kurashish qonuni boyicha ma`lumotlar, Соңғы жаңалықлар

Коррупция – раўажланыўымызға тосық


Коррупция – бул жәмийеттиң турли жоллар менен раўажланыўын тоқтатып коятуғын иллет болып есапланады. Бул иллет демократия ҳәм ҳуқық еркинлиги тийкарларына зыян жеткереди ҳәм инсан ҳуқықлары бузылыўына себеп болады.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, коррупция иллети үлкен- киши мәмлекетлердиң барлығында ушырасады. Бул зыянлы иллетти жоқ етиў бойынша жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен бир қанша нәтийжели ислер әмелге асырылып атырған болса да, ҳәзирги ўақытқа шекем ол еле де жоқ етилгени жоқ.
Көпшилик жағдайларда халықтың ҳуқықый аңының пәслиги ямаса тусинбейтуғынлығы да лаўазымлы шахсларға өзиниң жеке мәпи жолында нызамлардан пайдаланыўға қолайлы имкәният жаратып береди.
Ҳүрметли Президентимиз өз лаўазымына кирисиўи менен тастыйықлаған ең биринши ҳужжети «Коррупцияға қарсы гуресиў туўрысындағы» нызам болды. Бул нызамның нәтийжели орынланыўын тәмийнлеў, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы ислерди өз ўақытында әмелге асырыў мақсетинде Президентимиздиң 2017-жыл
2-февральдағы қарары менен «2017-2018-жыдларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гуресиў бойынша мәмлекетлик дәстури» қабыл етилди.
Дәстур тийкарында бир қатар нызам проектлери ислеп шығылды, әмелдегилери болса инвентаризациядан өткерилди. Улыўма алғанда, соңғы жылларда қылынған ислеп анализи халықтың аңы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған системалы ислеп әмелге асырылғанын көрсетеди.
Реформаларды әмелге асырыў тийкарында пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, мәмлекет басқарыўы ҳәм басқарыў органлары искерлигиниң ашықлағын тәмийнлеў, жәмийет ҳәм парламент қадағалаўын тәмийнлеў механизмлерин еле де раўажландырыў, соның менен бирге, ҳуқықты қорғаў органлары ҳәм суд органлары искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары реформа қылынды.
Коррупция сондай иллет есапланады, оны бир яки еки мекемениң ис-ҳарекетлери менен тоқтатып болмайды. Барлық пуқараларымыз, жәмийет оған қарсы гурескен ўақытта ғана нәтийжеге ерисиўимиз мумкин.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тастыйықланған бул пәрман менен судлардың идеялары бирлиги биз ушын әҳмийетли болып, әйне уақытта пәрманда белгиленген ўазыйпаларды турмысқа нәтийжели еңгизиў бойынша жуўапкершиликти жүклейди.
Нәтийже қылып айтқанда, бул пәрмән жәмийетте әдиллик идеясы, ҳәммениң нызам алдында теңлиги, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаўда әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьясы
Г.Байназарова

 Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content