Бүгинги күнде халқымызға мүнәсип шараят жаратып бериў ушын турақлы экономика, қәўипсиз мәмлекет, нәтийжели басқарыў, социаллық кепилликлерди раўажландырыў жолында беккем ҳуқықый тийкар яғный, Конституцияны жаңалаўға зәрүрлик туўылмақта.
Сонлықтанда конституциялық реформалардан үлкен өзгерислер күтилмекте. Жаңа Өзбекстанның жаңаланып атырған Конституциясы жойбарын дүзиўде халқымыздың пикири, усыныслары үйренилди. Мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық, сиясий, мәденият, экология тараўдағы, сондай-ақ инсан ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар көбейди.
Жаңа редакциядағы Конституциямыз алдын әмелде болған «мәмлекет-жәмийет-инсан» принципин «инсан-жәмийет-мәмлекет» деп өзгертиў, яғный ең әўели инсан мәпин ҳәр нәрседен үстин қойыўды мақсет қылып қойған, бунда мәмлекет уйымларының халыққа хызмет қылыўы нәзерде тутылған. Усы мүнәсибет пенен мәмлекеттиң жоқары мәжбүрияты етип белгиленген инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў кепилликлери күшейтирилмекте. Усының менен бирге Конституция жойбарында ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халық аралық шәртнамаларына муўапық, егер мәмлекеттиң ҳуқықый жәрдемге тийисли бәрше ишки имкәниятлардан пайдаланып болған болса, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халық аралық уйымларға мүрәжәәт етиўге ҳақлы екенлиги белгилеп берилмекте.
Конституциялық нызам жойбары бойынша бәрше мәселелер референдумға, яғный халқымыз додалаўына шығарылады. Конституцияның қабыл қылыныўында Парламент додалаўынан өтиўи ҳәм Президент тәрепинен имзаланыўы тийис еди, жаңа редакциядағы Конституция тарийхымызда биринши мәрте халық қәлеўине байланыслы туўрыдан-туўры халық тәрепинен қабыл қылынатуғын, халық даўыс бергенннен кейин қосымша ҳүжжетлер қабыл қылыныўы шәрт емес, туўрыдан-туўры әмелге киритилетуғын биринши ҳуқықый ҳүжжет болады. Сонлықтан 2023-жыл 30-апрелде өткерилетуғын референдумда даўыс берип, халықтың келешегин белгилеп бериўши ҳүжжет Жаңа Конституцияның қабылланыўына үлес қосайық.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судья аға жәрдемшиси
С.Абдикаримова
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети