Усы жылдың 27-март күни Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәжилислер залында 2023-жыл 30-апрель күни болып өтетуғын “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбарының мазмун мәнисин кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды Тахтакөпир районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ш.Бектурғанов ашып берди ҳәм алып барды.
Буннан соң, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқық ҳәм еркинлери тараўындағы жаңадан жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын айтып өтти ҳәм мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритиў ўақты келгенлигин айтып өтти. Сондай-ақ, ол өз сөзинде Конституцияға киритилетуғын өзгерислер ҳакқында мағлыўмат берип өтти.
Буннан соң сөзге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен бекитилген ўәкил Б.Сейтимбетов шығып, усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбарының мазмун мәниси ҳаққында түсиниклер берип өтти.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар менен сораў-жуўаплар алып барылып ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети