Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Референдумға арналған үгит-нәсиятлаў жумыслары даўам етпекте


Бүгин Тахтакөпир районындағы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Үгит-нәсият топары ағзасы Б.Сейтимбетов, Тахтакөпир районы мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Щербеков ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары қатнасыўында үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов сөзге шығып, Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери тараўындағы жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин кеңнен түсиндирип, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилетуғын Референдумға белсене қатнасыўды сорады.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Үгит-нәсият топары ағзасы Б.Сейтимбетов шығып, ол өз сөзинде Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026 жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажландырыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманының, 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының, сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «Мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳаққында түсиниклер берип өтти.

Жыйналыс соңында, пуқаралар өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content