Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Жас шегарашылар» таңлаўының районлық басқышы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы «Дәўқара» стадинында жасларды Ўатанға мухаббат, әскерий миннетке садықлық руўхында тәрбиялаў, олар арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў, шегара хызметине қызықтырыў ҳәм басқышпа-басқыш тәрбиялап барыў мақсетинде «Жас шегарашылар» әскерий-ўатан сүйиўшилик таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Таңлаўға районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплердиң 10-11-класс оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасып, таңлаў нызамында белгиленген шәртлер бойынша күш сынасты.

Таңлаў нәтийжесине көре:

1-орынды 18-санлы мектептиң «Қалқан» командасы;

2-орынды 6-санлы мектептиң «Лочинлар» командасы;

3-орынды 3-санлы мектептиң «Бүркитлер» командасы ийеледи.

Иләжға район ҳәкими орынбасары Ш.Бектурғанов ҳәм Шегара қўшинлари әскерий бөлим командириниң орынбасары подполковник С.Тошматовлар қатнасты ҳәм жеңимпаз болған командаларды қутлықлап оларға арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғаларын тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content