Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйында жасайтуғын ораза тутқан пуқаралар ушын ифтарлық (аўыз ашар) дәстүрханы жайылды.
Онда район ҳәкими орынбасары Ш.Бектурғанов, «Халық» жәмәәтлик мешити бас имам хатиби Б.Надиров ҳәм Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Щербековлар қатнасты ҳәм жыйналғанларды жаңа айдың басланыўы менен қутлықлап, елимиздиң раўажланыўына өз тилеклерин билдирип атырған барлық мүмин мусылманларға тилеклери қабыл болыўын айтып өтти.
Иләжда жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети