Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер


Бүгин Тахтакөпир районы «Дәўир» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралары ушын мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен ифтарлық (аўыз ашар) дәстүрханы жайылды.

Онда сөзге шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды мүбәрек рамазан айы менен қутлықлап, елимиздиң раўажланыўына өз тилеклерин билдирип атырған барлық мүмин мусылманларға тилеклери қабыл болыўын айтып өтти.

Иләжда жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content