Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Үгит-нәсият ушырасыўлары даўам етпекте


Усы жылдыӊ 31-март күни Тахтакөпир районлық Маденият бөлиминде, район ҳәкими орынбасары Т.Тоқымбетов,  Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Щербеков ҳәм районлық Ишки ислер бөлими баслығыныӊ орынбасары подполковник Б.Аметовлардыӊ  қатнасыўында, райондағы 17 мәҳәллелердеги пуқаралар жыйыны баслықлары, көше бийлери ҳәм мәҳәлле нураный белсендилери менен ушырасып, «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципы тийкарында ҳәм жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституция жойбарындағы әҳмийетли өзгерислер ҳақкында үгит-нәсиятлаў илажларын өткерди.

Илажда шығып сөйлеўшилер, мәҳәллелерде абаданластырыў ҳәм көкелемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў, районымыз тазалығын ҳәм мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеў, мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў ҳәм де бүгинги күнде жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституциясының  мазмуны ҳәм ондағы жаңадан киритилип атырған өзгерислердиң әҳмийети ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.

Илаж соңында, қатнасыўшылар өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content