Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў механизмлерин белгилеўге байланыслы мәжилис болып өтти


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы доценти, юридика пәнлери докторы, подполковник Б.Өмирзақов ҳәм районныӊ сектор баслықлары қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер минстрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм де Жаслар сиясаты ҳәм спорт минстриниӊ «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарында «Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў механизимлерин белгилеў ҳаққында»ғы қоспа қарарыныӊ мазмун-мәнисин райондағы пуқаралар жыйыны баслықлары, ишки ислер органы профилактика инспекторлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм де жаслар жетекшилерине кең түрде түсиндириў мақсетинде мәжилис өткерилди.

Мәжилисте сөзге шыққанлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 565-санлы қарары тийкарында аймақларды комплекс социал-экономикалық раўажландырыў бойынша 4 сектор баслықлары тәрепинен ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўшы тийисли мәкеме кәрхана шөлкемлер қатнасында жынаятлардың себеплерин үйрениў, жүз берген шәрт-шәраятларды анықлаў ҳәм сапластырыў мәселелерин жасаў мәнзиллерине шыққан ҳалда «Мәҳәллебай» ҳәм тараўлар кесиминде додалап барыў тәртиби енгизилгенлиги, сондай-ақ «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципи тийкарындағы жумыслар Мәҳәлле баслығы, профилактика инспекторы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси менен биргеликте жумыс алып барыў кереклиги ҳаққында тоқталып өтти.

Мәжилис соӊында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content