Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс үшинши сессиясы болып өтти.
Сессияға район ҳәкими орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барады.
Сессия күн тәртибине муўапық:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2023-жылдың I шереги даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талқылаўы;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының “Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл 1-апрельге шекемги келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында”ғы мәлимлемеси;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бағдарлама шеңберинде әмелге асырылған жумыслары;
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириўге жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;
2023-жылдың 3 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслар;
Тахтакөпир районы бойынша референдум өткериўши участка комиссиялары қурамына талабанларды усыныў;
Тахтакөпир районлық «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан қаржы ажыратыў ҳаққындғы мәселелери қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети