Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Орайлық банк хызметкерлери тәрепинен халықтың финанслық саўатханлығын асырыў бойынша семинар-тренинг болып өтти.


Усы жылдың 6-апрель күни Тахтакөпир районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Орайлық банктың Финанслық саўатханлықты асырыў ҳәм банк қәнигелерин қайта таярлаў департаментиниң директоры Д.Абдуганиева, Өзбекстан Республикасы Орайлық банктың Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы орынбасары А.Абдикаримов ҳәм Орайлық банктың басқада қәнигелери тәрепинен халықтың финанслық саўатханлығын асырыў бойынша семинар-тренинг ҳәм дөңгелек стол әтирапында саўбетлесиў илажы болып өтти.

Онда Тахтакөпир районы ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, районлық ИИБ ХПБ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы аға лейтенант Б.Бахиева, районлық банк филиалларының тийислы ҳызметкерлери ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған «Ҳаяллар дәптери»ндеги ҳаял-қызлар ҳәм де район жаслары қатнасты.

Семинар-тренинг даўамында исбилерменликти қалай жолға койыў керек екенлиги, банк кредит түрлери, ҳәм банк пластик карталарынан пайдаланғанда қәўипсизликке әмел етиў қағыйдалары ҳаққында тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде түсиниклер берип өтти.

Сондай-ақ, семинар соңында қатнасыўшылар тәрепинен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content