Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминде Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Илажға Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, сектор басшылары ҳәм район белсендилери қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Буннан соң район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, Конституция инсан мәпин, оның ҳуқықлары менен еркинлигин, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын тәмийинлеўши ең әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет екенлигин атап өтти.
Әлбетте, Конституция ҳәм усы тийкарында қабыл етилген нызамлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бәршеңизге мәлим, бизиң Конституциямыз – бул республикамыздың ҳуқықый демократиялық раўажланыў тийкарларын жаратыў менен бирге, онда жасаўшы инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекетлик уйымлардың хызметлерин тәртипке салыўшы тийкарғы Нызам болып табылады.
Конституциямызда Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызамы арқалы тастыйықланған мәмлекетлик нышанлары – байрағына, гербине ҳәм гимнине ийе екенлиги көрсетилген.
1993-жыл 9-апрель күни және бир әҳмийетли ҳүжжет, «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенине 30 жыл толды. Бул байрамда жүреклеримизге қуўаныш ҳәм жақсы кейпият бағышлап, елимизде кеўил хошлық пенен белгиленбекте.
Байрам илажы Тахтакөпир районы Мәденият бөлими хызметкерлери тарепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети