Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Дәўир» МПЖда көшпели қабыллаў болып өтти


Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов, секторға қараслы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы мектепте пуқаралардың машқалаларын имкән дәрежеде орнында шешиў, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, үй-жайлар кадастры, жеңиллетилген кредитлер алыў, исбилерменликти жолға қойыў ҳәм түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжат етти.

Айырым мүрәжатлар сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content