Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Ең белсенди Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы» таңлаўының районлық басқышы өткерилди


Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5040-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, жумыслары нәтийжели жолға қойылған улыўма билим бериў мектеплериниң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшыларының ис-тәжирийбелерин ғалабаластырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде «Ең белсенди Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы» таңлаўының районлық басқышы болып ɵтти.

Таңлаўда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық бөлимшеси баслығы А.Рейов, халық билимлендириў бөлими Руўхый-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм билимлендириў мәкемелери жумысларын шөлкемлестириў секторы баслығы Б.Утепбергенов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы Н.Азбергенов қатнасыўшыларды әдил баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағына көре:

1-орынды 3-санлы мектептиң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы Изимбетова Муҳаббат;

2-орынды 13-санлы мектептен Ажимуратова Пердегул;

3-орынды 18-санлы мектептен Сәрсенбаева Набиралар ийелеп, бир қанша үгит-насиятшыларға номинациялар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content