Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайында мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди


Тахтакөпир районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайында 2023-жыл 11-апрель күни районлық Прокуратура ҳәм Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен бирге, жоқары оқыў орнын тамамлаған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркада жумыссыз пуқаралар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм өз бизнеслерин жолға қойыўды билдирген жасларға қолай шарт-шараятлар жаратыў, коммерциялық банклер тәрепинен жақыннан әмелий жәрдемлер көрсетиў ўазыйпа етип белгиленеди.

Сондай-ақ мийнет ярмаркасына ўақытша жумыс пенен бәнт болмаған пуқараларды өз қәнийгелигине туўры келетуғын жумыс пенен тәмийинлениўине көмеклесиў, хожалығында жумыс пенен бәнт болыў ушын субсидиялар ажыратыў тәртиби, кәсипке таярлаў ҳәм мийнет ҳуқықлары бойынша зәрүр мәслахатлер алыўға жәрдемлесиў мийнет ярмаркасының тийкарғы мақсети болып есапланады.

Бул өткерген мийнет ярмаркасына район аймағында жайласқан 12 кәрхана басшылары  тәрепинен орта ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнийгеликлер бойынша жәми 49 бос жумыс орынлары (вакант) менен актив қатнасты.

Мийнет ярмаркасына 11 ўақтынша жумыссыз пуқара қатнасып соннан 8 пуқара өз қәнийгеликлери бойынша Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жумысқа жолламалар арқалы турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Соныӊ менен бирге 3 пуқараға кәсипке таярлаў, субсидиялар алыў ҳәм мийнет хуқықлары бойынша зәрүр мәсләҳәтлер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content