Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» футбол жарысларына старт берилди.


Бүгин район аймағындағы «Дәўқара» стадионында футбол ҳәм киши футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими Ж.Адилов, район сектор баслықлары, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Тахтакөпир районлық бөлими баслығы С.К.Саветов ҳәм спортшы жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи.

Буннан соң футбол бойынша 17 команда 4 топарға, киши фудбол бойынша ер балалар арасында 17 команда 4 топарға ҳәм қыз балалар арасында 8 команда 2 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.

Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 400 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.

Ашылыў салтанаты районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content