Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Ҳаял-қызларын ҳүрметлеген ел» сүрени астында ушырасыў кешеси болып өтти.


Республика үгит-нәсиятлаўшы топар ағзаларының Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде «Ҳаял-қызларын ҳүрметлеген ел» сүрени астында районымыздың нураный аналары ҳәм жәмийет турмысында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар илимий изертлеў институты директоры орынбасары, педагогика пәнлери докторы, профессор, Республика «Өрнекли ҳаяллар» ҳәрекети баслығы О.Мусурманова сөзге шығып, Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери тараўындағы жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын түсиндирип, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилетуғын Референдумға белсене қатнасыўды сорады.

Ушырасыў районлық Мәденият бөлими сәзенделери, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими жанынан дүзилген «Қумар аналар» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content