Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәденият ҳәм көркем-өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былайда арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен 15-апрель «Мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күни» деп белгилеп берилди.
Усы мүнәсибет пенен 14-апрель күни “Жаңа Өзбекстан-инсан қәдири улығланған жүр!” сүрени тийкарында Тахтакөпир районы Мәденият бөлимине қараслы Орайлық мәденият орайында «Дийдар несип» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешеге Тахтакөпир районы ҳәкими орынбасары Ш.Бектурғанов ҳәмде мәденият ҳәм көркем-өнер тараўында көп жыллар мийнет ислеп бүгинги күнде ҳүрметли дем алыстағы нураний устазларымыз, мийнет алдыңғылары қатнасып кәсиплик байрам менен қутлықлады ҳәм тараўдағы алып барылып атырған машақатлы ҳәм мақтанышлы жумыслар сондай-ақ ерисилип атырған жоқары нәтийжелер ҳаққында айтып өтти.
Ҳәр дәўирдиң, өтип атырған ҳәр-бир жыллардың өзине тән өзгешелиги болғанындай нуранийлеримиз жумыс алып барған жылларында тараўдағы машақатлары, жетискенликлери сондай-ақ қызықлы ўақыялары ҳаққында айтып берип, өзлериниң дөретиўшилигиндеги қосық – намалар ҳәм қызықлы сахна көринислерин атқарып берди.
Буннан соң район орталығындағы «Айзада» ресторанында районлық Мәденият бөлими ҳәм 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби хызметкерлери тәрепинен «Көркем-өнер -ел келбети» атамасында концерт тамашасы ҳәм де байрам дәстурханы шөлкемлестирилди.
Бул илажда мәденият ҳәм көркем-өнер тараўында узақ жыллар пидайы хызмет етип киятырған, сондай-ақ мәденият ҳәм көркем-өнерди раўажландырыў жолындағы салмақлы үлеслерин есапқа алып бир-қатар тараў хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги ҳәм де Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар менен хошаметленди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети