Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы аймағындағы жәрдемге мүтәж жәми 1586 хожалықлардан 1499 хожалықтың түрақ жайының төбесин шиферлап бериў ҳәм 87 хожалықтың түрақ жайын қайтадан қурыў бойынша жумыслар белгиленген.
Бүгинги күнде районның бир қатар аймақларында Жиззах ўәлаяты тәрепинен қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мүтәж шаңарақлардың түрақ жайының төбесин шиферлап бериў жумыслары баслап жиберилди.
Сондай-ақ, район ҳәкими Ж.Адилов, тийисли тараў басшылары менен биргеликте райондағы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Пайзулаева Айнахан, Айманов Мырзамурат, Дәўленов Сахый, Омаров Орынбай ҳәм Айманов Бердимуратлардың шаңарағына барып олардың ҳалынан хабар алды ҳәм де қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен жақыннан танысты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети