Бүгин Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы мектепте «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы «Мәрифат» үгит-нәсиятшылары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Рустам Мусурмон, Өзбекстан Республикасы Президентти жанындағы мәмлектлик басқарыў академиясының оқытыўшысы Мавлуда Ғаффорова, Өзбекстан мәмлектлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының оқытыўшысы Мафтуна Тўраева, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бобур Бобомуродлар мийман болды.
Онда сөзге шықканлар, Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң бәрше тараўларда тез пәт пенен раўажланып үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери тараўындағы жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын, мәмлекетимиздеги бәрше нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған яғный елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киритилип атырғанлығын түсиндирип, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилетуғын Референдумға белсене қатнасыўды сорады.
Илаж даўамында Өзбекстан мәмлектлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының оқытыўшысы, қосықшы Мафтуна Тўраева, қосыкшы Кумуш Муминова ҳәм Мәденият бөлими сәзенделери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети