Бүгин Тахтакөпир районы «Қараой» АПЖ аймағындағы 10-санлы мектепте сектор басшылары ҳәм районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Сарсенбаевлар қатнасында пуқаралардың мүрәжатларын шешиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде қабыллаў болып өтти.
Қабыллаў даўамында пуқаралар медициналық жәрдем, бәнтлик, үй-жай кадастры, исбилерменликти жолға қойыў, ишимлик суў мәселелери ҳәм түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжат етти.
Мүрәжатлардың айрымлары сол орынның өзинде шешимин тапқан болса, үйренип шығылыўы ушын қосымша ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети